Президент бүгин жаслар исбилерменлигинде пүткиллей жаңа дәўирди баслап беретуғын 3 үлкен ҳүжжетке қол қойғанын жәриялады.

262

Биринши ҳүжжетке муўапық, Жаслар ислери агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры дүзилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды.

Енди исбилермен жасларға 2,5 миллиард сумға шекем жеңилликли кредитлер бериледи, инталы жаслардың стартап жойбарларына 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.

Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған 90 мың жаслар қәнигелиги бойынша жумыс табыўда қыйналмақта.

Сонлықтан, екинши қарар менен жоқары оқыў орынларын питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жаратылмақта. Бул ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ресурс бериледи.

Банк Жоқары билимлендириў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша жаңа банк хызметлери пакетлерин енгизеди.

Сондай-ақ, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәкимлер, банк ҳәм кәрхана басшыларынан ибарат комиссия дүзиледи. Комиссия жумыс орынларын жаратыў, кадрларға зәрүрлик, бос орынларға жасларды орналастырыў мәселелерин шешеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги