Жасларымыз ҳәр қыйлы тараўлардағы жетискенликлери менен қатарларына өрнек болып атырғаны атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта дүньядағы «топ» жоқары оқыў орынларында 1,5 мыңнан аслам студентлеримиз билим алмақта. Бул Өзбекстан ушын тарийхта болмаған ўақыя.
Жақында Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткен үлкен форумда Ташкент қаласындағы Президент мектеби глобал дәрежеде ең абырайлы номинацияда жеңимпаз деп табылды.
«Буның бас факторы неде, деп сорасаңыз, мен бәринен бурын жасларға мүнәсибет мәмлекет дәрежесинде пүткиллей өзгергенинде, деп жуўап берген болар едим. Ул-қызларымыз жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарына айланғанын сезип, өзлерине шексиз күш алмақта», деди Президент.
Буннан бес жыл бурын Сенат ҳәм Нызамшылық палатасында Жаслар парламенти дүзилген еди. Ол жерде жаслар сиясий жетекшилик, демократия мектеби, парламентаризм мектеби қандай болатуғынын әмелде көрди. Кейинги сайлаўда әне, усы жасларымыздан екеўи Нызамшылық палатасына, 250и кеңеслерге депутат болып сайланды.
«Енди барлық системадағы басшылар жаслардың даўысын барынша тыңлаўға мәжбүр. Жаслар уллы келешегимиздиң тийкарғы буўыны екенин түсинбеген басшының бизиң қатарымызда болыўға ҳақысы жоқ», – деди Президент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги