Бабур мийрасларын келешек әўладларға жеткериў парызымыз

Қанлыкөл районы Мәденият орайында өзбек әдебиятының уллы тулғасы, шайыр, данышпан, Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 542 жыллығы мүнәсибети менен әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Илажға Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы А.Турымбетов, тийисли тараў ўәкиллери, мектеп оқыўшылары қатнасты.
Илаж даўамында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм басып өткен жолы, шайырдың ғәззел, рубайы ҳәм басқа илимий-әдебий мийраслары менен таныстырылды.
Әлбетте, түркий әдебияттың ең белгили ўәкиллериниң бири, өзиниң унамлы жумыслары ҳәм күшли сиясаты менен дүнья тарийхында өшпес из қалдырған уллы патша ҳәм шайыр Заҳриддин Муҳаммед Бабур әдебияттаныўшы, тарийхшы илимпаз ҳәм шайыр сыпатында халқымыздың руўхый мәденияты тарийхында мүнәсип орын ийелеген.
Бабур өзиниң әскерий таланты ҳәм сиясий зийреклиги менен 1526-жылы Ҳиндстанда Бабурийлер династиясына тийкар салып, Ҳиндстан тарийхында жаңа дәўир басланды – орайласқан мәмлекет қурылды, мәденият ҳәм илим раўажланды.
Бабурдың “Бабурнама” шығармасы өз дәўириниң сийрек ушырасатуғын тарийхый ҳүжжети болып, онда сол дәўирдиң сиясий ҳәм жәмийетлик турмысы толық сүўретленген. Сондай-ақ, оның ғәззеллери ҳәм рубайылары өзбек әдебиятының дүрданаларынан есапланады. Бабур парсы ҳәм түркий тиллеринде дөретиўшилик пенен шуғылланған, әдебий мийрасында тәбият, ўатан ҳәм турмыстың ҳәр қыйлы тәреплери сәўлеленген.
“Бабурнама” тек ғана тарийхый шығарма емес, ал тәбияттаныў ҳәм география бойынша да әҳмийетли дерек есапланады. Онда Орайлық Азия ҳәм Ҳиндстанның өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берилген.



Әлбетте, өзбек ҳәм түркий халықлар, соның менен бирге, дүнья әдебиятында өз орнына ийе мәңгилик тулға – Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың әдебий мийрасларын еле де терең үйрениў, жас ҳәм келешек әўладларға жеткериў парызымыз ҳәм қарызымыз болып табылады.
Илажда оқыўшы-жаслар тәрепинен шайырдың дөретиўшилигинен сахналық көринислер қойып берилип, ғәззеллеринен үзиндилер оқылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги