Илимий дәрежели жас илимпазларымыздың саны 2 есеге артып, 4 мың 357ге жетти

Бул ҳаққында Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.
Әсиресе, жасларымыздың арасында шет тиллерди үйрениўге қызығыўшылық кескин күшейди.
Әне, усы имканиятлардан пайдаланып, жақында билимли ҳәм умтылыўшаң Парвиз Туксанов SAT имтиханынан ең жоқары – 1 мың 600 балл топлады. Президентимиз оны усы нәтийже менен қызғын қутлықлап, ата-анасы ҳәм муғаллимлерине миннетдаршылық билдирди.
Және бир ибратлы мысал – «Китапсүйер миллет» идеясы тийкарында жасларда китап оқыў мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Дәтүрий түрде өткерилип атырған «Жас китапқумар» таңлаўындағы қатнасыўшылардың саны 6 есеге артып, 3 миллионға жетти.
Бир топар белсенди жаслар тәрепинен жаратылған «Мутолаа» жойбары арқалы 1 миллионнан артық жаслар китапқумарлар қатарына кирди.
Ҳәзирги оператив мәлимлеме алмасыўы дәўиринде жас әўлад, әсиресе, балаларымыз ушын миллий контентлерди жаратыў әҳмийетли ўазыйпа. Бундай контентти бақша ҳәм мектептеги билимлендириў процесслеринде көрсетиў арқалы және де ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
ӨзА