Президент Шавкат Мирзиёев жаслар менен сәўбетлеспекте

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында күш-ғайратлы, нәўқыран жаслар менен ушырасып турғанынан қуўанышлы екенлигин билдирип, олардың тымсалында Жаңа Өзбекстанның бүгинги ҳәм ертеңги дөретиўшилерин көрип атырғанын атап өтти.
-Уллы шайырымыз Эркин Ваҳидовтың айтқанындай, жаслық – бул кеўилдиң алтын сазы. Оған қосымша етип, жаслар – халқымыздың, Ўатанымыздың алтын фонды, десек дурыс болады. Халқымыздың 60 процентин мине, усы жаслар қурайтуғыны да бул пикирди тастыйықлайды.
Бүгинги күнде биз мәрт ҳәм жигерли халқымызға, ғайратлы жасларымызға исенгенимиз ушын өз алдымызға үлкен-үлкен мақсетлер қоймақтамыз, шекти жоқары алмақтамыз. Келешекте Үшинши Ренессанс тийкарын жарататуғын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синолар, Мырза Улуғбек ҳәм Әлийшер Наўайылар қай жерден пайда болады! Бул үлкен ўазыйпаларды ким орынлайды!
Мен қайта-қайта тәкирарлаўдан шаршамайман. Әлбетте, бул ийгиликли идеяларды сизлер – бүгинги Жаңа Өзбекстан жаслары әмелге асырасыз,-деди Президент.
ӨзА