Электр энергетикасы тараўында лицензиялаў тәртиби жетилистирилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 13-февральда «Электр энергетикасы тараўындағы жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен электр энергетикасы тараўындағы жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби тастыйықланды.
Жаңа реже бәсекиге шыдамлы электр энергетикасы базарын раўажландырыў, тәртипке салыў процесслерин ашық-айдын етиў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған . Онда лицензиялаў бойынша бирден-бир талаплар, арза тапсырыў тәртиби, төлемлерди есаплаў ҳәм лицензиялардың жумысы үстинен қадағалаў механизмлери белгилеп берилген.
Сондай-ақ, ҳүжжет лицензиялаў процесслерин санластырыўға имканият береди. Барлық мүрәжатлер ҳәм ҳүжжетлер «Лицензия» автоматластырылған системасы арқалы қабыл етиледи.
Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлигиниң хабарына бола, қарар рәсмий жәрияланған сәнеден үш ай өткен соң әмелге киргизиледи.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА