Энергетика министрлиги мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўге итибар қаратпақта

270

Энергетика министрлигинде өткерилген мәжилис «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы бағдарламасының орынланыўына бағышланды.

Мәжилисте энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов, тараўдағы ири шөлкемлердиң басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлер қатнасты. Онда жанылғы-энергетика ҳәм химия тараўларында белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели  орынлаў бойынша пикир алысылды.

Атап өтилгениндей, электр энергиясын ислеп шығарыў көлемин арттырыў,  «жасыл»энергетика дереклерин кеңейтиў ҳәм санаат кәрханаларында экологиялық талапларға  әмел  етиў әҳмийетли тийкарғы ўазыйпалар есапланады.

Соннан келип шығып, илажда «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары  шеңберинде өндирис объектлери әтирапында мийўели ҳәм  саяманлы тереклер егиў, атмосфераға зыянлы  затлар шығыўдың алдын алыў  ушын заманагөй фильтрлер орнатыў жумысларын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик бағдарламаны нәтийжели әмелге асырыў ушын анық илажлар режесин ислеп шығыў , жуўапкерлерди белгилеў ҳәм турақлы мониторинг орнатыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ушын ашықлықты тәмийинлеў  мақсетинде қосымша механизмлер  ислеп шығылды.

Мәжилис жуўмағында ҳәр бир ўазыйпа бойынша жуўапкер белгиленип, есабат усыныс  етиў мүддетлери анықластырылды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА