Мырза Бабур –орта әсирдиң бийтәкирар тарийхый тулғасы

14-февраль –Бабур туўылған күн
Ҳәр бир халықтың тарийхый, мәдений-миллий көринисин анық белгилеўши мәртебели шахлары, тарийхый тулғалары, уллы алымлары, белгили әдебиятшы ҳәм шайырлары болады. Мысалы Искендер Мақдуний, Сократ, Аристотель, Еврипид, Гомер исмлерин еслегенимизде, эллин мәдениятының уллылығы көз алдымызға келеди.
Жәҳән тарийхында ѳшпес из қалдырған бийтәкирар тарийхый тулғалардан бири Заҳириддин Муҳаммед Бабур уллы шайыр, энциклопедист алым, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда сыпатында пүткил дүньяға белгили тарийхый тулға есапланады. Оның теберик дѳретиўшилиги миллий мийрасымыздың дүрданалары болып қалмастан, халқымыздың әдебий-эстетикалық санасының қәлиплесиўинде, сондай-ақ жәҳән әдебияты, илим-пәни ҳәм мәмлекетшилиги тарийхында айрықша орынға ийе.
Президентимиз Ш.Мирзиёев 2023-жыл 25-январь айында «Уллы шайыр ҳәм алым, белгили мәмлекетлик искер Захириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында» ПҚ-20-санлы қарары қабыл етилген еди.
Бунда 2023-2024-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының тарийх ҳәм география тәлим бағдары студентлери ушын «Захириддин Муҳаммед Бабур» атындағы мәмлекетлик стипендиясы енгизилди.
Инсаният раўажланыў басқышының уллы перзенти сыпатында бул жылы 542 жыллығы нышанланып атырған Захириддин Муҳаммед Бабур (1483-1530) ири тарийхый тулғалардан бири болып, цивилизациялық раўажланыў басқышында Бабурдай шахсий имканият, қәбилет ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерге ийе шахслар кем ушырасады.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев атап өткениндей: «Бул уллы инсан он еки жастан баслап Темурийлер мәмлекетин сақлап қалыўы ушын өзин отқа да, шокқа да урған, ҳеш қандай душпаннан да, сынаўдан да қорқпады. Қырық алты жыллық өмири даўамында мәмлекетлик ғайраткер сыпатында жасап өтти. Өз әўладларына Ўатанға болған уллы мухаббатын, инсаныйлық пазыйлетлерин мийрас етип қалдырды».
Ғәрезсизлик жылларында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың ѳмири ҳәм дөретиўшилигин ҳәр тәреплеме терең үйрениў, оның шығармаларын елимиз ҳәм шет ел мәмлекетлеринде кеңнен үгит нәсиятлаў бойынша кѳлемли ислер әмелге асырылмақта. Мысалы: шайыр туўылған күн – 14 февраль сәнеси ҳәр жылы мәмлекетимиз бойлап әдебият ҳәм илимий-ағартыўшылық байрамы сыпатында нышанланып, Бабуртаныўшылық тараўында кѳплеген илимий изертлеўлер, республика ҳәм халықаралық кѳлемде илимий конференциялар турақлы түрде ѳткерилип келинбекте.
Президентимиз Ш.Мирзиёев 2020-жыл 30-декабрьдеги Олий Мажлиске жоллаған мүрәжетинде «Биз өз алдымызға мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў сыяқлы уллы мақсетти қойған екенбиз, буның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Улығбеклер, Наўайы ҳәм Бабурларды тәрбиялаўшы орталық ҳәм шәрт-шараятларды жаратыўымыз керек» – деп атап өткен еди.
Бунда, дәслеп тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин қарар таптырыў, илим-пән ҳәм инновацияларды енгизиў миллий идеямыздың баслы үстини болып, хызмет қылыўы керек екенлиги атап ѳтилди.
Уллы Әмир Темурдың бесинши әўлады, ѳзбек классикалық әдебиятының белгили ўәкили, уллы шайыр, тарийхшы, географ, мәмлекетлик искер ҳәм қәбилетли сәркарда, бабурийлер династиясының тийкаршысы, темурий шахзада – Заҳириддин Муҳаммед ибн Омаршайх Мырза 1483-жылда 14-февральда Әндижанда туўылған.
Бабурдың әкеси — Омаршайх Мырза Ферғана ўәлаяты ҳәкими, анасы — Қутлы Нигарханым Ташкент ҳәкими Юнусханның қызы болған. Бабурдың жаслығы Әндижанда ѳткен. Бабур бәрше темурий шахзадалар киби арнаўлы тәрбияшылар, белгили уламалар устазлығында әскерий тәлим алып, араб ҳәм парсы тиллерин үйренеди, кѳплеген тарийхый ҳәм әдебий шығармаларды оқыйды, илим-пәнге ҳәм қосыққа қызыға баслайды. Дәўжүреклиги ҳәм қаҳарманлығы ушын ол жаслығынан «Бабур» лақабын алады. “Бабур” сѳзи парсы тилинен “бабр”, яғный “барыс”,“жолбарыс” деген мәнисти аңлатады.
Әкеси Ахсида мезгилсиз 39 жасында аянышлы қайтыс болғаннан соң, шаңарақтың үлкен перзенти 12 жасар Бабур мийрасхор сыпатында тахтқа отырады (1494-жыл июнь). Бабур 18-19 жасларында рубайы ҳәм ғәзеллер жаза баслаған.
Бабур Ѳзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң ѳз журтында ҳақыйқый қәдир-қымбатқа ийе болады. Ѳзбекстан Республикаси Биринши Президентиниң Пәрманына кѳре, 1993-жылдың ноябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик академик опера ҳәм балет Үлкен театрында Бабур туўылғанының 510 жыллығы салтанатлы түрде нышанланды. Әндижан қаласында Бабур атына университет, театр, китапхана ашылып, миллий парк («Бағы Бабур») қурылды. Бул миллий парк комплексинде «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» музейи, шайырдың символикалық қәбир-мақбарасы қурылды. Қала орайында (автор Равшан Миртожиев) ҳәм Бабур паркиндеги естелик комплексинде (автор Қодиржон Салоҳиддинов) шайырға ҳәйкел орнатылды. Әндижандағы орайлық кѳшелерден бирине, сондай-ақ Ташкенттеги дем алыў бағы ҳәм кѳшеге, Әндижан ўәлаяты, Ханабад қаласындағы дем алыў бағына Бабур аты берилди. Ѳзбекстан Илимлер академиясының Бабур атындағы медалы енгизилди. Шығыстаныўшы алым Убайдулла Каримов бул медалдың биринши ийеси болды.
Әндижанлы пидайы инсан Зокиржон Машрабов басшылығындағы Халықаралық Бабур фонды (1993.23.12) Бабур дѳретпелерин үйрениўде ийгиликли ислерди әмелге асырды. Фондтың илимий экспедициясы 10 нан артық Шығыс мәмлекетлери бойлап автомобилде илимий сапарлар шѳлкемлестирип, 200 мың км.ден артық аралықты басып ѳтти. Бабур ҳәм бабурийлердиң теберик жерлери, олардың илимий мийрасына тийисли жаңа мағлыўматларды топлап, илимий айланысқа киритти. Бул мағлыўматлар тийкарында 10 нан зыят илимий, ҳәм кѳркем шығармалар, 10 ға жақын ҳүжжетли видеофильмлер жаратылды. Фондтың Лахур (Пакистан), Ҳайдарабад (Ҳиндстан), Абу Даби (Бирлескен Араб Әмирликлери), Москва (РФ), Ош (Қырғызстан), Ташкент, Наманган (Ѳзбекстан) қалаларында бѳлимлери жайласқан. 1998-жыл жамғарманың Бабуртаныўшылық тараўындағы халықаралық сыйлықлары енгизилип, бир неше илим пидайылары бул сыйлыққа ийе болды.
Заҳириддин Муҳаммед Бабур дѳретиўшилигиниң үстини есапланған – “Бабурнама” мемуарлық шығармасы – жәҳән әдебияты ҳәм деректаныўшылығында әҳмийетли ҳәм қайталанбас жазба дерек болып, ески ѳзбек (шағатай) тилинде жазылған. Шығарманың “Бабурия”, “Ўақыянама”, “Тузуки Бабурий”, “Табақаты Бабурий” ҳәм “Таворихи Бабурий” киби кѳплеген атамалары да анықланған.
Бабур атын дүньяға белгили қылған шедевр шығармасы «Бабурнама» бойынша дәслепки дѳретиўшилик ислерин 1518-1519 жылларда баслаған.
“Бабурнама” шығармасы – Темурийлер тарийхы ҳаққында толық сѳзлеўши кѳлемли дерек болып, шығарманың оннан артық қолжазба нусқалары Ѳзбекстан илимлер Академиясы Шығыстаныў институтында сақланады. Кѳплеген дүньялық, сол қатарда парсы, инглис, рус, түрк, голланд француз ҳәм япон тиллерине аўдармаланған. Мысалы: шығарма парсы тилине Бабурдың ақлығы, белгили ҳүкимдар Акбаршах буйрығы менен аўдармаланып, оған ең тәжирийбели ҳинд художниклери тәрепинен миниатюралар сызылған. Ҳәзирги ўақытқа шекем “Бабурнама” жәми 25 тен артық тиллерге аўдармаланған.
«Бабурнама» шығармасының өзи оның жигирмадан артық тараўларға қызыққанлығына айқын мысал бола алады. Себеби «Бабурнама»ның илимий текстин жаратқан япон алымы Э.Мано бул шығармасын «мағлыўматлар ғәзийнеси» деп бийкарға атамаған.
Бабурнама тийкарында бир қатар кѳркем шығармалар дѳретилген. Мысалы: француз әдебиятшысы Флора Анна Стилдиң “Бабурхан”, және бир француз әдебиятшысы Фернард Гренард “Бабур”, америкалы жазыўшы Харольд Лембтиң “Бабур жолбарыс” романлары сондай-ақ Ҳиндстанлы Муни Лал Бабурийлер тарийхына тийкарланып 6 роман жазған.
Темурийлер династиясының уллы ўәкили есапланған Бабур ҳәм бабурийлер тарийхы ҳинд халықлары тарийхында ѳзиниң мүнәсип орнына ийе. Европадағы Бабуртаныўшы алымлардан бири инглис алымы Валдемар Хансен ѳзиниң 1986-жылы Делийде баспадан шыққан «Таўыс таж ямаса манғоллар салтанаты тəғдири» китабында Бабурийлер династиясының Ҳиндстандағы 332 жыллық искерлигине жоқары баҳа береди: «Ҳиндстан ҳәм оның 8 мың жыллық тарийхы мисли бир таўыс болса, сол кѳп мың жыллық тарийхтағы Бабурийлер династиясының 332 жыллық ҳүкимранлық дәўири мине сол таўыстың гүлтажысыдур».
Мырза Муҳаммед Ҳайдар Дулат (1499-1551). «Тарихи Рашидий» шығармасында «…Ол ҳәр түрли пазыйлетлери менен безенген ҳәм мақтаўлы қәсийетлерге ийе болған бир патша еди. Бул бәрше пазыйтлеринен ғайраты ҳәм саҳаўаты үстин турар еди. Туркий қосықты Әмир Алишерден кейин ҳеш ким Бабур жазған дәрежеде жазған емес».
Уллы тарийхый тулға сыпатында Бабур шахсы Европа ҳәм АҚШ шығыстаныўшы-тарийхшы алымлары дыққатын өзине таптып келген. Инглис тарийхшысы Эдуард Хольден, әўели Бабурды белгили Юлий Цезарға теңеўди мақул деп билип, «Бабур ақыл-парасатына көре Цезарға қарағанда жақсы көриўге арзыйды, оның маңлайына уллы пазыйлетли инсан деп жазып қойылған».
Захириддин Муҳаммед Бабурдың балалық ҳәм өспиримлик дәўири ҳаққында роман жазған «Бабурнама»ны инглис тилине аўдармалаған Уилям Эрскин Бабурды Азия патшаларына салыстырып төмендегише баҳалайды:
«Сақаўатлығы ҳәм мәртлиги, қәбилети, илим-пән, көркем-өнерге муҳаббаты ҳәм олар менен жемисли шуғылланыўы тәрепинен Азиядағы патшалар арасында Бабурға теңлесе алатуғын бирде-бир патша табылмайды».
Уллы шах Бабур Ҳиндстанда темурийлерге тән уллы қурылыс дәстүрлерин даўам еттирип, саўлатлы сарайлар тиклеў, каналлар қазыў, бағлар жаратыў, илим-пән раўажына қәўендерлик қылыў, елди әдиллик пенен басқарыў сыяқлы пазыйлетлери кейиншелик Ҳиндстанның уллы белгили перзентлери тәрепинен унамлы ҳәм жоқары баҳаланады. Ҳиндстанның уллы данышпаны, мәмлекетлик ғайраткери Жавохарлар Неру өзиниң «Ҳиндстанның ашылыўы» ҳәм «Жәҳән тарийхына бир нәзер» шығармаларында Захириддин Муҳаммед Бабур ҳаққында ҳикметлерге толы төмендеги пикирлерин қалдырып кеткен:
«Бабур гоззал шахс. Ояныў дәўири ҳүкимдарларының ҳақыйқый тулғасы. Ол мәрт ҳәм исбилермен адам болған. Бабур жүдә мәдениятлы ҳәм ҳүрметли инсанлар арасында ең жетик инсанлардан бири болған, ол көркем өнерди әсиресе әдебиятты сүйген».
Бүгинги Ҳиндстанның Панипат қаласында Захириддин Муҳаммед Бабурдың Султан Ибраҳим Лудий менен болған урыстағы жеңисли көринислерин қаланың ашық аспан астындағы музейинде көрер екенбиз, уллы ҳинд халқының Бабурға болған ҳүрметиниң шексиз екенлигин аңлаўымыз мүмкин.
Және де Бангладеш пайтахты Дакка қаласын жаяўлап қыдырған саяхатшы «Ләлбақ – қала» тарийхый музейине кирип, Бабур ҳәм бабурийлерге арналған ханаларды көрер екен, онда бабурийлер әўладларына тийисли кийимлерин, үй буйымларын, әскерий қурал-жарақларын, ат әнжамларын көрип, Бангладеш халқының да бабурийлерге болған ҳүрмет-иззетиниң жоқары екенлигин аңлап жетеди.
Бабурдың хаткери оның айрықша кѳзге таснанатуғын сегиз пазыйлетин келтирип өтеди:
– қәдди бәлент;
– ҳикмети аржуманд;
– тәжирийбели саркарда;
– халқын қорғаўшы;
– кеширимлилик;
– нийети қалыслық;
– шеригиниң кеўилин алыўшы;
– әдалатлы.
Бабур өзиниң белгили шығармалары менен лирик шайыр ҳәм тарийхтаныўшы алым болыўы менен биргеликте мәмлекетлик ғайраткер сыпатында да халқымыздың руўхый мәденияты тарийхында мүнәсип орын ийелеген.
Кейинги жылларда Ташкент ҳәм Әндижан қалаларында Бабур Мырзаның саўлатлы ҳәйкеллери орнатылғаны, оның туўылып ѳскен журты – Әндижан қаласында Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды ҳәм оның қурамында «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» китап музейи искерлик кѳрсетип атырғанлығы, «Бабур энциклопедиясы», «Бабур. Бабуриды. Библиография» деп аталған салмақлы шығармаларының баспадан шығарылғанлығы, «Бабур ҳәм дүнья» журналының шѳлкемлестирилгенлиги мәдений турмыстағы үлкен ўақыя сыпатында баҳаланбақта.
Бабур, биринши нәўбетте шах, 332 жыл ҳүкимранлық еткен бабурийлер династиясының тийкаршысы болып, ол патша сыпатында әскер тартып шахларға тән жеңилислердиң ашшы тәсирин, ал жеңислердиң уллы көринисин көп мәртелеп өз басынан кеширген, атасы сыяқлы уллы ҳикметли ҳәм жоқары мақсетли шахс болып, Ҳиндстанда ири мәмлекет ҳүкимдарына айланған.
Бир неше мүддет алдын патшалықты Хумайнға тапсырған Бабур 47 жасында 1530-жылы 26-декарьде ѳзи тийкар салған салтанат пайтахты Аграда дүньядан ѳтеди ҳәм сол жерге жерленеди, кейиншелик (1539-жыл), ўәсиятына муўапық денеси Қабулға келтирилип, ѳзи қурдырған «Бағы Бабур»ға қойылған.
Ҳәзирде оның 119 ғәззели, бир масну қосығы, 209 рубайысы, 10 нан аpтық туйық ҳәм бѳлимлери ҳәм 60 тан зыят фардлары анықланған. Дийўан қурамында улыўма кѳлеми 270 бәйттен ибарат 8 маснәўий де орын алған.
Бабур тийкар салған династия тарийхта ең ири династиялардан бири болып, оның әўладлары 332 жылдан артық Ҳиндстанға ҳүкимранлық қылған.
Улыўма алғанда Захириддин Муҳаммед Бабур аты менен ҳәр қанша мақтансақ та арзыйды, өз халқының атын дүньяға танытқан уллы әўладларымыздан бири болып, оннан биз тарийхымызды қәдирлеўди, әсиресе келешекке уллы исеним менен қараўды үйренемиз.
Жуўмақ орнында соны айтып ѳтиў орынлы, Бабур ҳәм Бабурийлер халқымыздың уллы перзентлери есапланып, олар ѳзлериниң кѳп қырлы искерлиги ҳәм дѳретиўшилик дүрданалары менен жәҳән мәденияты тарийхына мүнәсип үлеслерин қосты.
Жанажан Ўатанымыз миллий раўажланыўдың жаңа басқышына — Үшинши Ренессанс дәўирине нық қәдемлер қойып атырған ўақытта, турмысымыздың бәрше тараўларында түпкиликли ѳзгерислер жүз берип атырған бүгинги күнлерде Бабур Мырзаның бийбаҳа мийрасын терең үйрениў ҳәм ғалабаластырыў баслы әҳмийетке ийе ийгиликли ислеримизден бири болып табылады.
М.ТОЛЫЕАВ ,
ҚМУдың Археология кафедрасы ассистенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги