Урыс қатнасыўшыларына ҳүрмет-иззет көрсетилди

211

1979-1989-жыллары 15 мыңнан аслам офицер ҳәм әскерлердиң биймезгил өлимине себепши болған Аўғанстандағы урыс халқымыз ядында умытылмас тәсирлер қалдырды. Бул урысқа сол дәўирдеги армия қатарында хызмет еткен қарақалпақстанлы көп мыңлаған жигитлер қатнасып, олардың қаншасы қаза тапты. Аўғанстан елинде жүргизилген урыс қалдырған жарақатларды кең жәмийетшилик бүгинги күни де умытқаны жоқ.

Қараөзек районында  Аўғанстан елинде әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанлығына 36 жыл толыў мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли  мәкемелер менен Аўған урысы қатнасыўшылары қатнасты.



Онда шығып сөйлегенлер жасларымызды ана-Ўатанға ҳүрмет ҳәм сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаў, тынышлықтың қәдирине жетиў, сол ўақытлардағы жаўынгерлеримиздиң көрген қыйыншылықларын айтып өтти.

Байрам илажында урыс майданларынан қайтпаған, усы тыныш заман күнлерге жетип келе алмаған әзиз инсанлардың естелигине гүл шеңберлерин қойып, олардың руўхларына  Қуран оқылды.

Илажда район ҳәкимлиги  тәрепинен урыс ветеранларына байрам дастурханлары жайылып, мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы