Президенттиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда тек ғана спорт емес, ал дурыс аўқатланыў да үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Өткерилген үйрениўлерге бола, халқымыздың 44 проценти физикалық белсенди емеслиги, 36 проценти дурыс аўқатланыў қағыйдаларына әмел етпейтуғыны анықланған.

Халықтың арасында собықлы, дәнли өним, мийўе-овощлардан пайдаланыў кескин азайып, дуз ҳәм қумшекерден пайдаланыў артып атырғаны қәўетерлерди және де күшейтеди. Ақыбетинде адамлардың 56 процентинде артықша салмақ, 38 процентинде қан басымы менен байланыслы машқала бар. Жуқпалы болмаған кеселликлер ерте өлимге себеп болмақта.

Соның ушын, «Саламат инсан – саламат миллет» улыўма миллий ҳәрекети басланады.

Жуўапкерлерге саламат аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти үгит-нәсиятлаў менен ҳәр бир шаңарақты қамтып алыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Бул бағдарда халықшыл ҳәм тәсиршең социаллық роликлер таярлап, ҳәр күни орайлық телеканалларда көрсетиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Улыўма, бул мәселелерди нызам дәрежесинде беккемлеп қойыў зәрүр екенлиги, «Денетәрбия ҳәм спорт ҳаққында»ғы нызамды қысқа мүддетте пүткиллей қайта көрип шығып, бүгинги заман талапларына бейимлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте жуўапкерлер ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары, спорт тараўы ўәкиллериниң усыныслары тыңланды.

ӨзА