Жеке меншик спорт клубларының бирден-бир реестриниң жүргизилиўи, олардың жумысы бойынша стандарт ҳәм нормалар жаратылыўы белгиленди

Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Соңғы жыллары спортқа жеке меншик сектор кирип келди.
Бирақ олимпиада спорт жарыслары елеге шекем тек ғана мәмлекетлик спорт мектеплери арасында өткерилмекте. Яғный, бул жарыслар жеке меншик клублар ушын жабық. Жеке меншик клублар тек ғана олимпиадалық емес спорт жарысларында қатнасып жүриўге мәжбүр.
Мәмлекетлик спорт мектеплерине үлкен қаржы берилмекте. Бирақ, сайланды командалардағы жаслардың тек ғана 20 проценти усы мектеплерден шықпақта.
Ендигиден былай жеке меншик спорт клубларының бирден-бир реестриниң жүргизилиўи, олардың жумысы бойынша стандарт ҳәм нормалар жаратылыўы белгиленди. Жаслардың қамтылыў дәрежесине қарап клубларға бийпул спорт үскенелери ажыратылады. Жеке меншик тренерлерге өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи.
Әҳмийетлиси, жеке меншик клублардағы жасларымыз барлық жарысларда өзиниң атынан қатнасыўы мүмкин болады ҳәм нәтийжесине қарап сайланды командаларға қабыл етиледи.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында 5, ўәлаятларда 1 еўден төмен қуўатлықларда ислеп атырған спорт мектебин жеке меншик шерикликке бериў бойынша жойбарларды баслаўға көрсетпе берилди.
ӨзА