Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими Наўайы ўәлаятына гезектеги гастрольге шықты.
Олар Наўайы қаласындағы қәнигелестирилген мәденият мектебинде өзиниң концерт бағдарламасын қойып берди.
Әлбетте, бундай мәдений, дослық қатнасықлардың беккемленип барылыўы, көркем өнер ғайраткерлериниң қоңсы ўәлаятларға да сапарға шығып өзлериниң жетискенликлерин көрсетиўи, пикир алысыўлары әҳмийетли болып есапланады.
Концерт бағдарламасы даўамында мақам дүрданалары, миллий қосықлар, бесик жыры, қарақалпақ халық қосықлары ҳәм намалары атқарылды.
Мадина Жумабаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги