Миллий медиа ҳәм жасалма интеллект бағдарындағы имканиятлар додаланды

296

Мәмлекетимизде медиа тараўын жаңа технологиялар, атап айтқанда, жасалма интеллект арқалы байытыў, халықаралық тәжирийбелерди үйрениў бағдарында кең имканиятлар жаратылмақта.

Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси ҳәм Орайлық Азия Жасалма интеллект ассоциаициясы менен биргеликте «Миллий медиа ҳәм жасалма интеллект: машқала, шешим ҳәм перспективалар» темасында халықаралық конференция болып өтти. Илажда медиа  тараўындағы  заманагөй технологиялар, жасалма интеллекттиң раўажланыў тенденциялары ҳәм олардың жәмийетке тәсири ҳәм перспективалары додаланды.

Конференцияда Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси басқармасы баслығы профессор Шерзодҳон Қудратҳўжа, AICA басқармасының баслығы  Владимир Норов, халықаралық эксперт Адрен Ҳугет ҳәм басқа абырайлы тараўдың хызметкерлери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында экспертлер тәрепинен мәмлекетлик емес телеканалларда жасалма интеллекттен пайдаланыўдың ҳуқықый тийкарлары ҳәм перспективалары, медиа контентти санластырыў мәселелери додаланды.

Конференция  шеңберинде медиа тараўында жасалма интеллектти енгизиўдиң абзаллықлары, дус келип атырған машқалалар ҳәм перспективадағы режелерге бағышланған  пленар мәжилис болып өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси ҳәм Орайлық Азия Жасалма интеллект ассоциациясы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Бул халықаралық конференция жасалма интеллект технологияларының медиа тараўында қолланылыўы, оның абзаллықлары ҳәм келешектеги имканиятларын терең таллаў ҳәм медиа индустриясының санлы трансформациясына үлес қосыў ушын әҳмийетли  платформа болды.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА