Сенатта Европа Аўқамының Өзбекстандағы Елшиси менен ушырасыў болып өтти

171

12-февраль күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Европа Аўқамының Өзбекстандағы Елшиси Тойво Клаар менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамына ағза мәмлекетлер арасындағы стратегиялық қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.

ЕАның GSP+ системасы шеңберинде саўда, экономика, билимлендириў, медицина, инновация тараўларындағы бирге ислесиў жойбарларын кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын, гендер теңликти тәмийинлеўге ҳәм пуқаралық институтларының имканиятларынан кеңирек пайдаланыўға қаратылған жумыслар айрықша атап өтилип, бул бағдарда раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў бойынша пикир алысылды.

Соның менен бирге, Европа Аўқамына ағза мәмлекетлер менен парламентлераралық қатнасықларды күшейтиў соның менен бирге, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент қадағалаўын жетилистириўге байланыслы бирге ислесиў бағдарламаларын жолға қойыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги