Жавоҳир Магнус Карлсен менен ойнайды

180

Германияның Вайссенхаус қаласында сыйлық қоры 750 000 АҚШ доллар болған абырайлы шахмат турнири өз жуўмағына жетип келмекте.

Кеше бул турнирде ярым финал ушырасыўлары болып өтип, олардың биринде өзбекстанлы жас шахматшы Жавоҳир Синдаров дүнья рейтингинде екинши орында турған америкалы гроссмейстер Фабиано Каруанаға қарсы ойын өткерди.

Оғада қыйын өткен ушырасыўдың шешиўши армагедон партиясында өзиниң тәжирийбели қарсыласына жеңилген Синдаров, бүгин 3-орын ушын норвегиялы жәҳән чемпионы Магнус Карлсен менен беллеседи.

Соны айтып өтиўимиз керек, усы турнирдиң таңлап алыў басқышында бул еки шахматшы өз-ара беллесип, онда Жавоҳир Магнусты жеңип шыққан еди.

Ал, турнирдиң финалында болса, АҚШлы Фабиано Каруана германиялы Винсент Кеймерге қарсы ойынға түседи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы