Мергенлер жарысында бозатаўлы жаслар жеңимпаз болды

7-11-февраль күнлери аралығында спорттың «Оқ жайдан оқ атыў» түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан ең күшли спортшылар қатнасты.
Қызықлы өткен беллесиўлер жуўмағында, улыўма командалық есапта Бозатаў районы спорт мектеби тәрбияланыўшылары биринши орынды жеңип алып, Қарақалпақстан Республикасы чемпионы атағына миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районы командаларына несип етти.
-Шәкиртлеримниң ерискен бул табысынан оғада қуўанышлыман, дейди Бозатаў районы спорт мектебиниң тренери Ринат Досжанов.-Алдағы ўақытлары олар менен бирге, Өзбекстан чемпионатында да жеңимпазлықты қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы