Ашық судта 45 ҳәкимшилик иси көрип шығылды
Жынаят ислери бойынша Беруний районы судының тергеў судьясы И.Алланиязов тәрепинен райондағы Амир Темур мәкан пуқаралар жыйынында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 125 (транспорт қуралларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў), 131 (транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарыў), 183 (майда бийзарылық), 187 (жәмийетлик орынларда алкоголь өнимин қабыллаў), 190-статьялары менен топланған жәми 45 ҳәкимшилик иси материаллары мазмуны бойынша көрип шығылды.
Ис материаллары ҳәр тәреплеме үйренилип, майда бийзарылық ислеген 5 шахсқа 3 суткадан 10 суткаға шекемги ҳәкимшилик қамақ жазасы, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 190-статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлықты қайтадан ислеген 1 шахсқа 3 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы, ал басқа ҳуқықбузарларға жәрийма жазасы тайынланды.
Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, мәҳәлле белсендилерине ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳәм оның түрлери, жаза шаралары, улыўма ҳуқықбузарлықлардың ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги