БАӘ исбилерменлериниң Өзбекстанға қызығыўшылығы артпақта

Усы жыл 11-12-февраль күнлери Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Бирлескен Араб әмирликлеринде әмелий сапар менен болып, 2025-жылғы Дүнья ҳүкиметлер саммитинде қатнасты.
2013-жыл БАӘ вице-президенти ҳәм Бас министри, Дубай ҳүкимдары Шайх муҳаммад бин Рашид Ол Мактумның басламасы менен шөлкемлестирилген бул әнжуманның ўазыйпасы глобал машқалаларды шешиў ҳәм ҳүкиметлердиң кейинги әўлады ушын күн тәртибин белгилеў мақсетинде инновация ҳәм технологияларға итибар қаратып, басқарыў келешегин қәлиплестириўден ибарат екенлигин мағлыўмат орнында атап өтиў зәрүр.
Форумда шығып сөйлеген Л.Қудратов мәмлекетимизге Орайлық Азияда инвестициялық орайдың абырайын исенимли ийелеў, экономиканы ашыў ҳәм глобал машқалаларға қарамастан, турақлы өсиўди тәмийинлеў имканиятын берген Өзбекстан раўажланыўының ҳәзирги басқышына сәйкес бир қатар әмелий тәреплерди санап өтти.
Атап айтқанда, саўда бағдарларын диверсификациялаў, регионаллық экономикалық интеграция, ЖСШға ағза болыў жолындағы ҳәрекетлер, экономиканың жоқары технологиялы тармақларын жедел раўажландырыў мәселесине тоқталды. Соның ишинде, қайта тикленетуғын энергия дереклери, жасыл водород ислеп шығарыў, IT технологияларын раўажландырыў, инфраструктура ҳәм еркин экономикалық зоналарға инвестиция киргизиў, санлы трансформация ҳәм инновациялық қоллап-қуўатлаў сыяқлы илажлар атап өтилди.
Министр сессия қатнасыўшыларының итибарын елимизде инвесторлар ушын қолайлы шараятлардың жаратылғанына қаратты. Сырт ел инвестициясы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери либералластырылғаны, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў бағдарламасы қабыл етилгени, санлы басқарыў ҳәм электрон мәмлекетлик хызметлер енгизилгени ҳәм билимлендириў системасы жетистирилип атырғаны ҳаққында сөз болды.
Саммит шеңберинде делегациямыздың басшысы ҳүкимет ислери, экономика, энергетика ҳәм инфратсруктура министрлери Муҳаммад бин Абдуллоҳ Ал-Гергавий, Абдулла бин Тоук Ал-Маррий, Суҳайл Ал-Мазруий, сондай-ақ ири регионаллық ҳәм халықаралық компаниялардың басшылары менен ушырасыўлар өткерди. Сәўбетлескенлер менен өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, биргеликтеги инвестиция жойбарларын әмелге асырыў, инновацияны енгизиў, экономиканың тийкарғы тармақларында өндирис қатнасықларын беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Улыўма, Бирлескен Араб Әмирликлери исбилерменлери тәрепинен Өзбекстан базарына кириў, мәмлекетимизде жумысты кеңейтиўге унамлы көзқарас қәлиплескени, бирге ислесиўди кеңейтиўге исеним беккемленип атырғаны және бир мәрте дәлилленди.
ӨзА