Муўапықластырыўшы кеңеске өткерген изертлеўлериниң нәтийжелерин сатыўға руқсат бериледи

Президенттиң усы жыл 2-январьдан күшке кирген ПҚ-467-санлы қарары менен таллаў ҳәм изертлеў структуралары жумысын шөлкемлестириў бойынша дүзилген Муўапықластырыўшы кеңес жанында Изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.
Бул ҳаққында Президенттиң 10-февральдағы ПҚ-48-санлы қарарында белгилеп қойылды.
Ҳүжжетке муўапық, қор қаржылары Тиклениў ҳәм раўажланыў қорында өз алдына ашылған есап бетлерде топланады ҳәм Муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен белгиленген тәртипте жумсалады.
Қор қаржылары төмендегилерге қаратылады, соның ишинде:
– муўапықластырыўшы кеңестиң жумыс бағдарлары бойынша изертлеўлерди әмелге асырыў;
– таллаў материалларын таярлаў ҳәм изертлеўлерди өткериў ушын грантлар ажыратыў;
– социаллық сораўлар ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў бойынша изертлеўлерди әмелге асырыў.
Қор қаржылары мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қадағалаў Муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен әмелге асырылады.
Муўапықластырыўшы кеңеске болса төмендегилерге руқсат бериледи:
Қор қаржыларын миллий ҳәм сырт ел валюталарын банк депозитлерине жайластырыў;
– грантлар ҳәм бийғәрез техникалық жәрдем қуралларын тартыў;
– физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге төлем тийкарында изертлеўлер нәтийжелери ҳәм мағлыўматлар базаларынан пайдаланыў ҳәм илажларда қатнасыў имканиятларын бериў, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги