Қысқы Азия ойынларында дәслепки медаль қолға киргизилди
276

Бүгин Қытайдың Харбин қаласында өткерилген қысқы Азия ойынлары Өзбекстан спорт делегациясы ушын табыслы келди.
Атап айтқанда,фигуралы сырғанаў бойынша елимиз абырайын қорғап атырған Дмитрий Чигирев ҳәм Екатерина Гейниш жуплығы барлық қарсыласларын артта қалдырып, алтын медальды жеңип алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, командамыз ағзалары қысқа бағдарламаларда 64,55, еркин шынығыўларда 111,88, улыўмалық есапта 176,43 упай топлаўға еристи.


Жарыстың екинши ҳәм үшинши орынлары Япония ҳәм арқа кореялы спортшыларға несип етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы