Бақшаның жаңа имараты аўыл халқын қуўантпақта

Президентимиздиң «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында аймақларда бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Қарардың орынланыўының әмелий көриниси ретинде Әмиўдәрья районы Қаңлы аўылында жайласқан 49-санлы мәмлекетлик МШБШ реконструкцияланып пайдаланыўға тапсырылғанын атап өтиўге болады. Жаңа имарат 90 орынға мөлшерленген.
Балалардың сапалы билим алыўы ушын барлық қолайлықларға ийе болған бақшаның жаңа имаратының қурылыс жумыслары «Жумыртаў тех-оңлаў сервис» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылды, – дейди район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими.
Жаңа имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сабурова шығып сөйледи ҳәм аўыл халқын барлық шараятларға ҳәм заманагөй көриниске ийе бақшаның жумыс баслағаны менен қызғын қутлықлады.
Сондай-ақ, илажда шығып сөйлегенлер бундай жаңа имаратлардың барлығы мәмлекетимиз басшысының тәлим-тәрбия тараўына қаратып атырған итибарының нәтийжеси екенин атап өтти.
Бул имканият аўыл халқын шексиз қуўанышқа бөледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги