Ҳәр түби мол дәрамат дереги
353

Мәмлекетимизде қыйтақ жерди дәрамат дерегине айландырған ўатанласларымыз көпшиликти қурайды. Ең қуўанышлысы олардың саны күннен-күнге артып бармақта.
Буған бир мысал ретинде, Әмиўдәрья районы Бабур атындағы аўылда жасаўшы Нызаматдин Қулымбетовты келтирсек болады. Ол қыйтақ жериниң 3 сотых жер майданында ыссыхана шөлкемлестирген. Бул жерде лимон жетистириў менен шуғылланып келмекте.
– Ыссыханамызда 60 түптен аслам лимон нәллери бар. Ҳәр бир түптен 25-40 килограммға шекем мийўе аламыз ,- дейди ол.

Әмиўдәрья район ҳәкими С.Хожаметов ҳәм сектор басшылары Н.Қулымбетовтың шаңарағында болып, лимон жетистириўди буннан былай да раўажландырыў, аўыл халқына кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги