Жаңа насос агрегатлары сынақтан өткерилмекте

242

Соңғы ўақытларда егислик майданларды суўғарыўда жумсалатуғын суўларды үнемлеў ушын тараўға енгизилип атырған заманагөй технологиялар жақсы нәтийжелер менен ис өнимдарлығын арттырыўға жәрдем бермекте. Нөкис районындағы “Kattaǵar katlavan” насос станциясында Қытай мәмлекетинен заманагөй 3 дана «Shenge» суў насослары алып келинип қурылды.

-Бул суў насосларының абзаллық тәреплери көп. Атап айтқанда, ҳәр саатта тек ғана 27 киловатт энергия жумсайды. Бул насос агрегатларына инсан күши сарыпланып, оған суў қуйыў, заправка ислеў жумыслары алып барылмайды.  Жаңа агрегатлар автоматластырылған болып, суў көлеми кемейгенде автомат тәризде өшеди. Ески агрегатлар көбирек қол мийнетин талап еткен болса, заманагөй технологиялар бул жағынан да сезилерли жеңиллик жаратпақта.

Ески насосларды өширгенде қыстың күнлеринде суў қатып қалып, музлап, труба жарылыў жағдайлары келип шығатуғын болса, бунда насосты өширгенде суў автоматластырылған тәризде тартылып  кетеди. Сондай-ақ, 24 киловатт  қуяш панеллерин орнатқанбыз. Қуяш панеллериниң абзаллық тәреплери сонда энергияны үнемлеп, насослардың кем қәрежет энергия менен ислеўинде жүдә жақсы нәтийже көрсетпекте, -дейди Қарақалпақстан Республикасы насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы жанындағы Нөкис-Кегейли районы аймақлық бөлим баслығы А.Хожаниязов.

Насос агрегатлары ҳәзирги ўақытта сынаў режиминде ислеп турғанлықтан, алдағы ўақытларда және де көбирек алып келип иске түсириў режелестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги