Жәмийетлик қадағалаў–дәўир талабы

358

Заманагөй раўажланыўдың соңғы жылларында республикамызда жәмийетлик басқарыў системасы жетилистирилди, халық пенен пикирлесиўдиң нәтийжели механизмлери еңгизилди, сондай–ақ, мәҳәлле институтының жәмийетлик басқарыўдағы орны ҳәм жумысының нәтийжелилиги арттырылды.

Пуқаралық жәмийетиниң ең әҳмийетли белгиси пуқаралардың мәмлекетлик структуралардың жумысы үстинен толық қадағалаўды әмелге асырыўында көринеди. Өзбекстанның жаңа редакциядағы Конституциясының 36-статьясына бола, пуқараларымыз жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўда тиккелей ҳәм өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе.

Бундай қатнас өзин–өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық тәризде қәлиплестириў, сондай–ақ, мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў қураллары арқалы әмелге асырылады.

Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде 2018-жыл 12-апрельде Өзбекстан Республикасының «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Бул нызамға бола, жәмийетлик қадағалаў мәмлекетлик уйымларға мүрәжатлар ҳәм сораўлар, жәмийетлик додалаў, жәмийетлик тыңлаў, жәмийетлик мониторинг, жәмийетлик пикирди үйрениў, пуқаралардың өзин–өзи басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик уйымлардағы лаўазымлы шахслардың есабатлары ҳәм мәлимлемесин тыңлаў сыяқлы түрлерде әмелге асырылады.

Президентимиздиң атап өткениндей, «Конституция ҳәм нызам үстинлигине ерисиўде жәмийетлик қадағалаўдан нәтийжели қурал жоқ». Жәмийетлик қадағалаў демократия ҳәм халық ҳәкимиятының әҳмийетли институты есапланып, ол мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў арқалы пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сонлықтан жәмийетлик қадағалаўдың тийкарғы мақсети – пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиўин, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысында нызамлылықты тәмийинлеў, жәмийет мәплерин қорғаў болып есапланады.

Жәмийетлик қадағалаў нәтийжесинде мәмлекетте мәмлекетлик уйымлардың жумысы қалыс үйренилип, олардың кемшиликлери көрсетиледи. Әлбетте, бундай жағдай ҳәр қыйлы нызам бузылыўларының алдын алып, оның орынланыўы, оларды таярлаўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлейди. Жәмийетлик қадағалаў тек ғана орынланып атырған жумыслардың сапасын қадағалаўды емес, ал пайдаланылмай атырған имканиятларды иске қосыўды да нәзерде тутады.

Пуқаралардың өзин–өзи басқарыў уйымлары тәрепинен жәмийетлик қадағалаўдың әмелге асырылыўы, өз гезегинде, нызам ҳүжжетлериниң үстинлигин тәмийинлеўде, олардың әмелиятта толық еңгизилиўинде, пуқаралардың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўда, олар тәрепинен ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң алдын алыўда, социаллық қорғаўды жетилистириўде, исбилерменликти раўажландырыўда, саламат бәсеки орталығын жаратыўда, ең әҳмийетлиси, абадан турмыс тәризин күшейтиў системасын буннан былайда жетилистириўде айрықша орын ийелейди.

Бизиң пикиримизше, жәмийетлик қадағалаўда процесс емес, ал, нәтийжеге қарап жуўмақ шығарыў зәрүр. Яғный, мәмлекетлик уйымлар халыққа өзиниң сиясаты, ҳәрекетлерин түсиндирип бериўи, халық алдында турақлы түрде есабат берип барыўы бүгинги заман талабы болып есапланылады.

Усы жерде «Жәмийетлик қадағалаў дегенимиз не?», «Өзбекстанда оның ҳуқықый тийкарлары қандай?», «Оны кимлер әмелге асырады?», «Қандай жумыслар үстинен жәмийетлик қадағалаў алып барылады?» деген сораўлар пайда болыўы тәбийғый.

Жәмийетлик қадағалаў – жәмийет ҳәм мәмлекет көлеминде нызам үстинлигин тәмийинлеў, және әдилликти орнатыў ушын оғада зәрүр болған ең нәтийжели әмелият. Ол жәмийетлик қадағалаў субъектлери тәрепинен орайлық ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер, нызамларға муўапық, мәмлекеттиң айрықша ўәкилликлерин әмелге асырыўшы басқа уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын қадағалаў мақсетинде әмелге асырылатуғын жумыс болып табылады.

Жәмийетлик қадағалаў институтының ҳуқықый тийкарлары туўралы сөз болғанда, Бас нызамымыз Конституция, сондай–ақ, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың өзин–өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасында Жәмийетлик бирлеспелер ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер жумысының кепилликлери ҳаққында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы, «Сиясий партиялар ҳаққында»ғы, «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик фондлар ҳаққында»ғы нызамларда, сондай–ақ, тараўға байланыслы бир қатар нормативлик–ҳуқықый ҳүжжетлерде усы институттың ҳуқықый тийкарлары белгиленген ҳәм системалы түрде жетилистирилип барылмақта.

Жәмийетлик қадағалаў субъектлери пуқаралар, пуқаралардың өзин–өзи басқарыў уйымлары, сондай–ақ, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте дизимге алынған мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары болып табылады. Жәмийетлик қадағалаў, жәмийетлик кеңеслер, комиссиялар ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлестириўшилик структуралар тәрепинен де нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылыўы мүмкин.

Жәмийетлик қадағалаў оғада үлкен күш болып, оларда өз–ара бирге ислесиў арқалы турақлы, системалы ҳәм нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў имканияты бар екенлигинен дәрек береди. Оған және мәмлекет тәрепинен олардың санын көбейтиў ҳәм жумысын кеңейтиў, және материаллық–техникалық базасын беккемлеўге турақлы итибар қаратылып атырғанын есапқа алсақ, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўдан мәмлекетлик уйымлардың да мәпдар екенлиги айқын көринеди.

Жәмийетлик қадағалаў объекти, яғный, жәмийетлик қадағалаў субъектлери тәрепинен қадағалаўға алынатуғын жумыс түрлери мәмлекетлик уйымлардың ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қабыл етип атырған нормативлик–ҳуқықый ҳүжжетлери, қарарлары, сондай–ақ, раўажланыўдың мәмлекетлик, тармақлық ҳәм аймақлық бағдарламаларында жәмийетлик мәплерди, жәмийетлик пикирди есапқа алыў, пуқаралардың, юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, жәмийет мәплерин қорғаў тараўындағы нызамшылық талапларының орынланыўын тәмийинлеў болып табылады. Бизге белгили, ҳәр бир мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем жумысының ең баслы ўазыйпасы инсан ҳуқықларына әмел етиў, пуқаралардың нызамлы мәмлерин тәмийинлеў болып есапланылады. Бул арқалы «Инсан қәдири ушын», «Мәмлекет – инсан ушын», «Мәмлекет хызметкери – халық хызметкери», «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек», – деген ийгиликли принциплер, бүгин елимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған ийгиликли реформаларды айқын көрсетеди.

«Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында» ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысы нәтийжели болыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Сонлықтан елимизде жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм бул тараўды тәртипке салып туратуғын ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша басқышпа-басқыш жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, 2018-жылдың 4-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгисиниң шөлкемлестирилиўи, ҳәм Президентимиздиң 2018-жыл 4-июльдағы «Мәмлекетлик уйымлар жанында жәмийетлик кеңеслердиң жумысын шөлкемлесириў илажлары ҳаққында»ғы қарары, 2024-жыл 26-августтағы «Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап–қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 124-санлы пәрманы бул бағдардағы жумысларды жеделлестириўде үлкен әҳмийетке ийе болды.

Бул пәрман ҳәм қарарларда мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары, функциялары, ўәкилликлери ҳәм жумысын шөлкемлестириў тәртиби белгилеп берилген болып, оған тийкарланып, жәмийетлик кеңес, мәмлекетлик уйым басшысының қарары менен шөлкемлестирилиўи, ол өз жумысын жәмийетлик тийкарда алып барыўы, сондай–ақ, турақлы жумыс алып баратуғын мәсләҳәт ҳәм кеңес уйымы есапланатуғыны, оның қарарлары усыныслық ҳарактерге ийе болыўы нәзерде тутылған.

Жуўмақластырып айтқанымызда мәмлекетте жәмийетлик қадағалаў қаншелли күшли болса, мәмлекет соншелли халықшыл, еркин ҳәм әдалатлы болады деп айта аламыз.

Рустем  Айбергенов,

Өзбекстан Республикасы Төрешилик судлары ассосациясы Қарақалпақстан филиалы баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Жәмийетшилик Кеңесиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги