ЖДСШ онкологиялық кеселликлерге шатылған балаларға бийпул дәри-дармақлар жеткерип береди

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми балаларды онкологиялық кеселиклерден бийпул емлеў бойынша жаңа бағдарламаны иске қосты.
Оған бола, усы пилот жойбарда қатнасыўшы мәмлекетлердеги наўқас ул-қызлар ракқа қарсы жоқары сапалы дәри қуралары менен үзликсиз тәмийинленеди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына бола, фармацевтика өнимлериниң дәслепки партиясы Монголия ҳәм Өзбекстанға, кейинги басқышта Эквадор, Иордания, Непал ҳәм Замбияға жеткериледи. Бул ҳаққында ДСМ баспасөз хызмети хабар бермекте.
Улыўма, усы жыл даўамында бул бағдарлама алты мәмлекеттеги кеминде 30 емлеўханада емленип атырған 5000 ға шамалас балаларды қамтып алады.
ЖДСШ таллаўларында келтирип өтилгениндей, дүнья бойынша ҳәр жылы дерлик 400 мың ул-қызға рак диагнозы қойылмақта. Олардың өмир даўамлылығын созыў ҳәм саламатлығын тиклеў жоқары нәтийжелиликке ийе дәри-дармақларды талап етеди.
Жойбарда қатнасыў ушын және алты мәмлекет мирәт етилген. Улыўма, алдағы 5-7 жыл ишинде бул көрсеткишти 50 ге жеткериў мақсет етилген. Бул арқалы онкологиялық кеселликлерден азап шегип атырған 120 мыңға шамалас балаларға бийғәрез медициналық жәрдем көрсетиў мүмкин болады.
ӨзА