Эндокринологиялық кеселликлерге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды

Қарақалпақстан медицина институтында «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасында эндокринологиялық кеселликлердиң профилактикасы, оларды ерте анықлаў ҳәм емлеўде мультидисциплинар қатнас» атамасында илимий-әмелий конференция өткерилди.
Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ашып берип, өткерилип атырған конференцияның әҳмийетине тоқтап өтип, қатнасыўшыларға тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында Академик Ё.Х.Турақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген Эндикринология илимий-әмелий медицина орайының директоры А.Алимов «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин әмелиятқа енгизиў» атамасында кең түрде презентация иследи.
Сондай-ақ, усы орай директорының орынбасары С.Фахрутдинова, бөлим баслықлары А.Алиева, Н.Алимова, үлкен илимий хызметкери, медицина илимлериниң докторы Ш.Муратовалар мәмлекетлик қамсызландырыў механизмлерин әмелиятқа енгизиў, басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелеринде эндокрин кеселликлердиң скрининги, диабеттиң дәслепки жағдайының диагнозын қойыў ҳәм емлеў, 2-тур қантлы диабет кеселлигиниң диагнозы, оны емлеў ҳәм диспансерлик қадағалаў, қантлы диабеттиң 1-турын алып барыў маршрутизациясы, йод жетиспеўшилиги, оның интеллектке ҳәм денсаўлыққа унамсыз тәсири, профилактика жоллары, семизлик ҳәм метаболик синдром, оған диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң заманагөй усыллары, оның репродуктивлик саламатлыққа тәсири мәселелери бойынша баянатлары менен шығып сөйледи.
Конференция шеңберинде басланғыш медициналық жәрдемде эндикринология хызметиниң ролин күшейтиў, оның нәтийжелилигин арттырыў ҳәм наўқаслар ушын және де сапалы медициналық жәрдем көрсетиў жоллары да додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Конференция қатнасыўшылары тараў қәнигелери ҳәм медицина тараўы илимпазларынан ибарат болып, олар өткерилген талқылаўларда соңғы илимий-изертлеўлер ҳәм инновациялық шешимлер ҳаққында пикир алысты.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги