Футболшыларымыз Азия чемпионы атанды
199

Бангладеш пайтахты Дакка қаласында ампутантлар арасында өткерилген Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти.
Турнир жеңимпазлығы ушын тийкарғы даўагерлердиң бири болған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары өзлерине билдирилген исенимди толық ақлап, Азия чемпионы атағын жеңип алыўға миясар болды.
Атап айтқанда, командамыз алтын медаль ушын болған беллесиўде Индонезия сайланды командасы менен ушырасып, өз қарсыласларын 6:0 есабында жеңип шықты.

Ушырасыўда командамыз сәрдары Абдужамил Шукуров хет-трикка ерискен болса, Азиз Абдураҳмонов еки гол урыўға миясар болды. Және бир гол болса, Қудрат Худойқуловтың есабына жазылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы