Зеленский Путинге жер алмасыўды усыныс етти

327

Украина президенти Владимир Зеленский егер АҚШ жетекшиси Дональд Трамп еки мәмлекетти сөйлестириўге ерисе алса, үш жыллық урысты тоқтатыў ушын Россия менен тиккелей жер саўдасын әмелге асырмақшы. Бул ҳаққында «Politico» басылымы жазған.

– Бир аймақты басқасына алмастырамыз, – деди Зеленский ҳәм Россияға Курск ўәлаятының бир бөлеги берилетуғынын айтты. Бул ушын қайсы аймақлар соралатуғыны ҳаққындағы сораўға былай жуўап берди:

– Билмеймен, көремиз. Барлық аймақларымыз бирдей әҳмийетли, ҳеш биринде үстинлик жоқ.

Кейинги дәўирде Украина энергетика инфраструктурасына қарсы бир неше ири дрон ҳүжимин уйымластырған РФ күшлери Донецк ўәлаяты бойлап алға қарай ҳәрекетлениўди даўам етпекте.

Москва өткен жылғы әскерий әмелият нәтийжесинде 3600 квадрат километр майданды ийелеген. Ҳәзир 20 процентке шамалас жаңа аймақты қадағаламақта. Киев әскерлери болса, керисинше, Россияның узақ батыс Курск ўәлаятында 500 квадрат километр жерине ийелик етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги