Өзбекстанда E-logistika санлы  платформасы иске қосылады

289

Транспорт министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, мәмлекеттиң транспорт-логистика системасын санластырыў шеңберинде жүк тасыўлардың ашықлығы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға мөлшерленген бирден-бир E-logistika санлы платформасы жаратылды.

Бул платформа арқалы жүк тасыўлар ҳәм логистика хызметлери толық санластырылды.

E-logistika’ны ислеп шығыў ҳәм енгизиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы шеңберинде нәзерде тутылған болып, қәрежетлерди азайтыў, тасыў процесслерин тезлестириў ҳәм логистика хызметлериниң сапасын жақсылаўға қаратылған.

Платформа әлле қашан базар қатнасыўшылары – жүк жибериўшилер, тасыўшыар ҳәм қабыл етиўшилер ушын пайдаланыўға таяр.

ӨзА