Февраль айының қалған күнлеринде қандай ҳаўа-райы бақланады?

Республикамыз аймағы бойлап жаўған қар үлкемиз халқын шексиз қуўанышқа бөлеў менен бирге, оларды әдеўир ойға талдырғаны турған гәп. Себеби, көпшилик пуқаралардың жумысларға барыўы транспорт пенен байланыслы болғанлықтан, егер, аймақларымызда қалың қар жаўса көликлердиң жүриўине шеклеўлер киргизиледи. Бул болса, бизиң ҳәр биримизден жумысларымызды режелестириўди талап етеди.
Бизлер февраль айының екинши он күнлигинде республикамызда қандай ҳаўа-райы күтилетуғынлығын билиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Гидрометрология орайының биринши дәрежели синоптиги Ахмед Аташовтан төмендегише мағлыўмат алдық.
Февраль айының екинши он күнлигинде ҳаўаның орташа айлық температурасы норма әтирапында болып, ҳаўаның температурасы түнги ўақытлары 0-5 градустан -5-10 градусқа шекем суўықты, күндизги ўақытлары +3+8 градус жыллыдан 0-5 градусқа шекем суўыққа өзгерип турады.
Айдың үшинши он күнлигинде ҳаўаның температурасы түнги ўақытлары -10-15 градустан, күндизги ўақытлары -2-7 градусқа шекем төменлейди.
Айлық жаўын-шашын муғдары норма әтирапында (норма 7-15мм) болады.
Ай даўамында ўақты-ўақты менен қар аралас жаўын-шашын болыўы күтилмекте.
Сонлықтан, пуқараларымыз ҳаўа-райы қолайсыз келеди деп қәўетерленбесе де болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы