Умра ҳәм Ҳаж зыяраты бойынша тарқалған хабарларға мүнәсибет билдирилди

Саудия Арабстаны Патшалығы Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2024-жылдың декабрь айында 2025-жылдан баслап Умра ҳәм Ҳаж әмеллерин орынлаў ушын келетуғын барлық зыяратшылардың менингит инфекциясына қарсы шанышылғаны ҳаққындағы ҳүжжетлери болыўы шәрт екенлигин талап етиўши нормативлик ҳүжжет шығарған еди.
Соңғы ўақытларда социаллық тармақларда «Ҳаж ҳәм Умра зыяратларына барыўында менингитке қарсы вакцина алыў керек делинген қарар бийкар етилди, енди вакцина алмастан Умраға барсаңыз болады», деген мазмундағы хабарлар кеңнен тарқалмақта.
Санэпидкомитет бул хабарлар ҳақыйқатқа дурыс келмейтуғынын мәлим етти.
Атап өтилгениндей, Саудия Арабстаны Умра ҳәм Ҳаж зыяратларына барыўшыларда менингит кселлигине қарсы шанышылғаны ҳаққында ҳүжжет болыўы зәрүр екенлиги рәсмий түрде бийкар етпеген.
Мәмлекетимизге жуқпалы кеселликлерди сырттан кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм эпидемиологиялық турақлылықты сақлап қалыў мақсетинде зыяратшыларды менингитке қарсы шанышыў усыныс етиледи, делинеди рәсмий мағлыўматта,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги