Дубайда өтип атырған халықаралық әнжуманда Өзбекстан делегациясы қатнаспақта

БАӘниң Дубай қаласында бөлип атырған Пүткил жер жүзилик ҳүкиметиниң саммити (World Government Summit) халықаралық әнжуманы мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызметтиң раўажланыў перспективалары, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўда жасалма интеллекттиң орны, мәмлекетлик басқарыўдағы машқалаларға инновациялық шешимлер бойынша усыныслар ислеп шығыўға қаратылған.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов әнжуман шеңберинде дүзилген «Is the World Ready for the Next Wave of Digital Disruption?» сессиясында шығып сөйледи.

Бул сессияда ҳүкимет ҳәм технология тараўындағы бирге ислесиўлердиң раўажланыўы талланды. Додалаўда жасалма интеллект, мағлыўматларды таллаў ҳәм булытлы технологиялар жәрдеминде мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў бойынша табыслы тәжирийбелер көрип шығылды. Бул технологиялардың нәтийжелилик, ашық-айдынлық ҳәм пуқаралар менен өз-ара байланысты жақсылаўдағы роли додаланды.
Бул додалаўда технологиялар ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың өз-ара интеграцияланыўы арқалы ақыллы ҳәм нәтийжели мәмлекетлик хызметлер қәлиплесиўи ҳәм санлы ҳүкимет келешеги қандай болатуғыны ҳаққындағы мәселелер талланды.
Н.Раҳмонова,
ӨзА