Айырым шаңарақларға субсидия ажыратылады

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-апрельден «Жаслар дәптери» қорлары арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса «Ҳаял-қызлар дәптери» қорлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын нәзерде тутылған напақалар төленеди.
2025-жыл 1-майдан «Социаллық дәптерлер» қорлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық операцииясын өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырылады.
2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жәрдемге мүтәж бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдемниң орнын усы аймақларда жасаўшы Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға турақ жайында артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.
Онда субсидия қәрежетлердиң 90 проценти, бирақ БЕМниң 30 есесинен көп болмаған муғдарда ажыратылады.
2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМниң 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
Район (қала) ҳәкимликлери жанында «Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық» қорлары шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги