Өзбекстан ҳәм Индонезия дипломатлар ушын  өз-ара визасыз режим енгизеди

284

Жакартаға сапары шеңберинде Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов индонезиялы кәсиплеси Сугионо менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында мәмлекетимиз СИМ баспасөз хызмети хабар берди.

Сөйлесиў даўамында кең көлемли бирге ислесиўге байланыслы түрли темалар қамтып алынып, бар қатнасықларды  және де беккемлеў, еки халқты еле де жақынластырыў жоллары додаланды. Беккем тийкарға ийе еки тәреплеме қатнасықларды  раўажландырыўда жетерли потенциал бар екенлиги атап өтилип, экономикалық дипломатия тәреплер ушын тийкарғы бағдар болып қалатуғыны атап өтилди.

Сөйлесиў  жуўмағында дипломатиялық паспорт ийелери ушын визасыз режим ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул улыўма ҳәрекетлерди жеделлестириўге қойылған әҳмийетли қәдем болып еспаланады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Индонезия арасындағы дипломатиялық қатнасық 1992-жылы  23-июньде орнатылған. Енди мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўин беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашылады.

А.Алимова, ӨзА