Президенттиң жаңа пәрманы жәрияланды

272

«Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-17-санлы) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-апрельден:

«Социаллық дәптерлер» қорлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса –айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының  ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да бериледи.

Онда мәдений-ағартыўшылық, билимлендириў, спорт ҳәм туризм илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» қорлары түсимлериниң 25 процентинен көп болмаған бөлегин бериўге руқсат бериледи;

«Социаллық дәптерлер» қорлары арқалы социаллық жәрдемлер төмендеги тәртипте көрсетиледи:

– шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режеде кәмбағал шаңарақлардың жаслары ҳәм ҳаял-қызларына белгили бир социаллық жәрдемлердиң белгилениўи усы категориядағы шахслардан қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда «Социаллық дәптерлер» қорлары есабынан социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады;

– «Социаллық дәптерлер» қорлары есабынан социаллық жәрдем көрсетиўди сорап мүрәжат еткен шахслардың социаллық жағдайын анықлаў «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы арқалы, шаңарақтың қаржылай жағдайын болса уйымлараралық мәлимлеме алмасыў арқалы автомат түрде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады, деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги