Хорезм ўәлаятында шоманайлы жасларға жумысқа орналасыў мүмкиншилиги жаратылмақта

Шоманай районындағы жаслар арасынан жоқары оқыў орынларын питкергенлерин Хорезм ўәлаятына жумысқа орналастырыў, олардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде әҳмийетли ушырасыў болып өтти.
Ушырасыў Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм Шоманай районы ҳәкимлиги менен биргеликте өткерилди.
Ушырасыўға район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, райондағы жумыссыз жаслар, Хорезм ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары С.Салаев ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң жуўапкер хызметкерлери видеоконференц байланыс арқалы қатнасты.
Ушырасыўда Хорезм ўәлаятындағы бос жумыс орынлары, жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, Шоманай районында арнаўлы “Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркалары”н өткериў, бизнес басламаларын, стартапларын, идеяларын ҳәм жойбарларын әмелге асырыў ушын жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүргизиў көнликпелерине оқытыў мәселелери талқыланды.
Хорезм ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары С.Салаев район жаслары менен сәўбетлесип, олардың пикир-усынысларын ҳәм мүрәжатлерин тыңлады. Бул ушырасыў шоманайлы жаслар ушын өз келешегин режелестириў, жумысқа орналасыў имканиятларын кеңейтиў, бизнес басламаларын әмелге асырыў ушын әҳмийетли илаж болды.


Ушырасыўда жаслар жумысқа орналасыў имканиятлары, бизнести раўажландырыўға, қоллап-қуўатлаўға арналған бағдарламалар ҳаққында мағлыўматларға ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги