Хусановсыз өткен ойынлар «Ман Сити» ушын әўметсиз жуўмақланбақта

Кеше Европаның бир неше қалаларында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 1/16 финал басқыш ойынлары болып өтти.
Әсиресе, усы басқышта Англияда өткерилген «Манчестер Сити» ҳәм Мадридтиң «Реал» клублары арасындағы ойын оғада қызықлы өтти.
Ушырасыўдың биринши таймы англиялы футболшылардың үстинлиги астында өтти ҳәм ойынның 19-минутында «Манчестер Сити» диң норвегиялы ҳүжимшиси Эрлинг Холанд Йошко Гвардиол тәрепинен өзине әжайып тәризде жеткерилип берилген пасты «Реал» дәрўазасына анық жоллаўға еристи.
Екинши таймда Карло Анчелотти шәкиртлери бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм ойынның 60-минутында усындай ҳүжимлердиң бирин «Реал» ҳүжимшиси Килиан Мбаппе нәтийжели жуўмақлаўға миясар болды.
Буннан соң еки команда да избе-из ҳүжимлер шөлкемлестирип, футбол жанкүйерлерин қәўетерде услап турды. Ойынның 79-минутында «Реал» футболшылары англиялы Фил Фоденди қопаллық пенен тоқтатып қалды ҳәм бул ушын ойын төрешиси тәрепинен пенальти белгиленди. Пенальтиди болса, «Сити» ҳүжимшиси Холанд анық әмелге асырып, Чемпионлар лигасындағы өзиниң 48-ойынындағы 49-голын урыўға миясар болды.
Ушырасыў соңында еки команда да бир қатар ойыншыларды майданға түсирди ҳәм бул өзгерислер «Реал» ушын пайдалы болды. Атап айтқанда, 85-минутта ойынға қосылған Браим Диас арадан бир минут өтиўден «Манчестер Сити» дәрўазасына гол урып, есапты теңлестириўге еристи.
Барлық футбол жанкүйерлери ойын усы есап пенен жуўмақланады деп турғанында, Мадрид клубы ағзалары 90+2 минутта және бир гол урып, өз ықласбентлерин шексиз қуўанышқа бөледи. Гол авторы Джуд Беллингем.
Тилекке қарсы, бул ойында Хосеп Гвардиола өзбекстанлы Абдуқодир Хусановты ойынға түсирмеди.
Сондай-ақ, усы күни өткерилген ойынларда Лисабонның «Спортинг»и Дортумундтың «Боруссия»сына, «Брест» «ПСЖ»ға 0:3,есапларында жеңилип қалған болса, «Ювентус» Эйнховенниң «ПСВ» клубын 2:1 есабында жеңиўге еристи.
Енди бул клублардың жуўап ойынлары 19-февраль күни болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы