«Туран жолбарыслары»ның жеңимпазлары анықланды

193

2024-жылдың 1-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейтиў ҳәм олардың жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Усы пәрман тийкарында 2024-2025-оқыў жылынан баслап қәнигелестирилген билимлендириў агентлиги системасындағы мектеплерде оқыўшыларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдың жаңа системасын енгизиў мақсетинде, 5−8-классларда Әмир Темур, Жалалиддин Мангуберди, Заҳириддин Муҳаммед Бабурдай уллы сәркардаларымыздың ибратлы өмирин бүгинги әскерий хызметкерлеримиздиң мәртлиги менен байланыстырыў, Ўатан қорғаўшысы көнликпелерин қәлиплестириўге бағдарланған, 9−11-классларда әскерий ойынлар ҳәм спорт жарысларын өткериў белгиленген еди.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис қаласында республикамызда  жайласқан қәнигелестирилген мектеплер оқыўшылары арасында «Туран жолбарыслары» әскерий-спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда оқыўшылар жарыста белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллесип, оның жуўмағында Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң «Лашынлар» командасы биринши орынды ийелеўге еристи ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын жарыстың жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынларды Қараөзек районлық қәнигелестирилген мектебиниң «Тебренбес» ҳәм Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң «Ватанпарвар» командалары ийелеўге еристи.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы