Татыўлық жәмийеттиң турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийинлейди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тараўы хызметкерлери, жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарлары, педагог-тәрбияшылар ҳәм тюторлардың қатнасыўында оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Т.Атамуратов, орайдың үгит-нәсият топарының ағзасы, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының доценти Қ.Мамбетовлар өз баянатлары менен қатнасты.
Илажды университеттиң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов алып барды.
Семинарда “Миллетлераралық татыўлықты беккемлеў ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў” ҳәм «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» илажларын үгит-нәсиятлаў бойынша мағлыўматлар берилип, әҳмийетине кеңнен тоқтап өтилди.
Баянатшылар мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң татыў жасаўы, диний кеңпейиллик принциплерине әмел етилиўи жәмийеттиң турақлылығы ҳәм раўажланыўының әҳмийетли факторларынан бири екенин атап өтти.
Сондай-ақ, баянатларда студент-жаслар арасында миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаў, олардың идеологиялық иммунитетин беккемлеў ҳәм ҳәр қыйлы унамсыз тәсирлерге қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Семинарда қатнасыўшылар өз пикир-усынысларын билдирип, тема бойынша өз-ара пикир алысты.

Бундай илажлар руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумысларды және де жеделлестириў, студент-жаслардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў ҳәм оларды жат идеялардан қорғаў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги