Бирге ислесиў раўажланыўға тийкар жаратады

201

Денсаўлықты сақлаў тараўында халықаралық тәжирийбелер менен танысыў, бул бағдарда алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў, енгизиў, халқымыздың абаданлығы жолында бирге ислесиў бәрқулла үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.

Усындай халықаралық бирге ислесиўди даўам еттириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов Японияның “Digital knowledge” акционерлик жәмийетиниң ўәкиллерин күтип алды ҳәм сөйлесиўлер алып барылды.

Әлбетте, бундай халықаралық бирге ислесиўлер елимизде медицина тараўын буннан былай да раўажландырыў ҳәм сапалы медициналық хызмет түриниң заман талапларына сай болыўына түртки бермекте,–дейди министрликтиң Халықаралық шериклик бағдарының бас қәнигеси Замира Палўаниязова.

Сәўбетлесиў даўамында медицина тараўында заман талапларына сай халықаралық жойбар шеңберинде “Ана ҳәм бала” бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм орта медицина хызметкерлерин оқытыў мақсетинде сырт елли қәнигелердиң пикир-усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги