Медиация усылынан даўларды шешиўде кеңнен пайдаланылмақта

201

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен «Даўларды шешиўдиң альтернатив усыллары сыпатында төрешилик судлары ҳәм медиация» атамасында әмелий оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасындағы экономикалық ҳәм пуқаралық ислери бойынша судлардың судьялары, мәмлекетлик уйымлар, коммерциялық банклердиң басшылары ҳәм юристлери, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ўәкиллери катнасты.

Илажда дәслеп, басқарма баслығының орынбасары А.Сейтахов шығып сөйлеп, даўларды шешиўде медиацияның орны ҳәм әҳмийети, сондай-ақ, 2024-жыл даўамында Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен судларға киргизилген даўа арзалар, ерисилген медиациялық келисимлер бойынша толық мағлыўмат берди.

Соның менен бирге, даўларды шешиўдиң және бир альтернатив усылы болған Төрешилик судларының мәмлекетлик судлардан айырмашылық тәреплери ҳаққында кең түрде түсиник берип өтти.

Семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов төрешилик ҳәм пуқаралық судларда медиациялық келисим дүзиўдиң тәртиби, суд әмелияты, келисим питими ҳәм бул бағдарда сырт ел тәжирийбелери ҳаққында мағлыўмат берди.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги