Өзбекстан Президенти Россия делегациясын қабыл етти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-февраль күни Россия Федерациясы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары Максим Орешкин басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Ушырасыў алдында Максим Орешкин мәмлекетимиздиң басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өткен жыл май айында Өзбекстанда әмелге асырылған мәмлекетлик сапары ҳәм басқа жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер даўмаында ерисилген келисимлерди тастыйықланған «жол картасы»на муўапық әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыў пәтин сақлап қалыў, санаат кооперациясы ҳәм электрон коммерциялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, суў хожалығы, жоқары билимлендириў ҳәм инженер кадрлар таярлаў, жасалма интеллект, мәдений алмасыў ҳәм спорт тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша комплексли илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

ӨзА