Исбилерменниң имканияты кеңеймекте

230

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен  “Жас исбилерменлер” лигасының жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында бириншилерден болып акрил ванналарын ислеп шығарыўды жолға қойған, 10 жасдың бәнтлигин тәмийинлеген жас исбилермен Азим Сидиковтың кәрханасына медиа-тур шөлкемлестирилди.

Медиа турда ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Г.Реджепова жас исбилерменниң кәрханасы менен танысып, ол жерде ислеп атырған жаслар менен сәўбетлести. Медиа-тур даўамында депутат исбилерменликке қызығыўшы жасларға ҳәм журналистлерге елимизде жас исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар ҳәм шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берди.

– Ҳәзирги күнде өз өнимлеримизди Республика бойлап сатыўды жолға қойғанбыз. Жақында қоңсы мәмлекетлерге експорт етиўди басладық. Елимизде биз жаслар ушын ҳәр тараўда имканиятлар жүдә көп. Тек ғана биз сол имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўымыз керек, – дейди жас исбилермен Азим Сидиков.

 

                              Қарақалпақстан хабар агентлиги