Жерге байланыслы жумыслар және де жетилистирилди

341

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2025-жыл
22-январьдағы “Топырақ мониторингин әмелге асырыў ҳәм топырақтыӊ өнимдарлы қатламын анықлаў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасыныӊ «Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, соның менен бирге, республикада климат өзгериўи менен байланыслы унамсыз тəсирлердиң алдын алыў, аўыл хожалығы жерлери деградациясын азайтыў, топырақтағы гумус муғдарын көбейтиў арқалы егинлердиң зүрəəтлилигин ҳəм топырақ өнимдарлығын жақсылаў мақсетинде жаңа тәртип-қағыйдалар енгизилмекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасыныӊ «Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў ҳаққында»ғы Нызамының 10-статьясына муўапық топырақ мониторингин әмелге асырыў тәртиби белгиленген.

Топырақ мониторингин әмелге асырыў, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы минситрлигиниӊ Топырақтаныў ҳәм агрохимиялық изертлеўлер институты ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.

Топырақтаныў ҳәм агрохимиялық изертлеўлер институты тәрепинен топырақтыӊ ҳәзирги жағдайы, жүз берип атырған өзгерислерди анализлеў, бул өзгерислердиӊ характери ҳәм олардыӊ топырақ өнимдарлығына тәсирин анықлаў, унамсыз процесслердиӊ алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша режелер ҳәм усыныслар ислеп шығыўды, топырақ мониторингин мүлкшилик түрине қарамастан аўыл хожалығында пайдаланылатуғын жерлердиӊ барлық түрлери бойынша әмелге асырыў, топырақ мониторинги даўамында таӊлап алынған топырақ үлгилери миллий ҳәм халықаралық аккредитация системасындағы аккредитацияланған лабораторияларда анализ етиў ўазыйпасы жүкленди.

Қарардың мақсети ҳәм әҳмийетин атап өтетуғын болсақ, онда лаборатория анализлерин өткериў, топырақ картасын авторлық түп нусқасын дүзиў, топырақтыӊ өнимдарлы қатламын есаплаў, мағлыўмат хатын жазыў ҳәм топырақ картасына кеӊейтилген түсиндирмелер дүзиў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, топырақтыӊ өнимдарлы қатламы бойынша жуўмақ
3 нусқада таярланады. Бириншиси институт архивинде сақлаў ушын, екинши нусқа мүрәжат ийеси исбилерменлик субъекти орынлаўы ушын, үшинши нусқа Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясына мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде жибериледи.

Қарардың тағы бир зәрүр тәрепи бар. Усы қарар тийкарында Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясына қала қурылысы жумысы, геологиялық-излеў ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыў, сондай-ақ, аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа да бағдарлардағы жумысларды әмелге асырыўшы жойбар орынлаўшылары тәрепинен топырақ катламының сүрип алыныўы ҳәм белгиленген дала контурындағы көширилгенлиги туўралы қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленгенлиги мағлыўмат ретинде билдириледи.

 

Б.Ибраймов,

“Өзагроинспекция”ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды

қадағалаў бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.