Нотариал хызмет

Халқымыздың санасында аманат – ең үлкен жуўапкершилик, аманатқа қыянет етиў – арсызлық, ең аўыр гүнә деп билемиз.

Қыс айлары еди. Жумыс орныма орта жастағы келиншек келип, «сиңлим, сизге мийрас мәселесинде мүрәжатым бар еди» деди.

_ Бир нешше жыллардан берли Қазақстан Республикасына барып ислеймен. Жалғыз иним бар еди. Сыртта жүрип ислеп тапқан табысыма инимниң атына еки ханалы үй сатып алған едим. Иним 2020-жылы қайтыс болды,-деди терең гүрсинип, көзине жас алып қамсықты. – Өзимниң мийнетим менен тапқан табысыма алған сол үйди өзимниң атыма рәсмийлестирмекши едим…

Ата-анасы, иниси қашан туўылғанлығын, үйленген бе, перзентлери ҳаққында сорастырдым. Әкеси ертеректе қайтыс болған, анасы бар. Иниси үйленип, ажырасып, бир баласы бар екен. Анасы ҳәм инисиниң келиншегин алып бирге келиўин ҳәм талап етилетуғын ҳүжжетлерди түсиндирдим. Бир нешше күнлерден кейин мүрәжат ийеси анасы менен бирге келинин алып бирге келди.

Анасы отырып, гәп баслады. – Мен өз үлесимди қызыма беремен, себеби, бул үй қызымның үйи. Өзи сыртта болғаннан кейин баламның атына рәсмийлестиргенбиз. Ертелеў келип мүрәжат етпекши едик, келинди көндириў аңсат болмады,-деди.

Келин «мине, неке шәртнамасы. Бул болса үйдиң ҳүжжетлери» деп маған усынды. Ҳүжжетлер менен танысып шықсам, 20l3-жылы некеден өткен, үй 20l7-жылы сатып алынған.

Нотариус автоматластырылған базаға кирип, келин ҳаққындағы мағлыўматларды жүклеп алып, некесин тексерип көрсем, 20l3-жылы некеден өткен, ал, 20l6-жылы некеден ажырасқан ҳәм және қайтадан 20l9-жылы нызамлы түрде некеден өткен.

Негедур тек биринши неке гүўалығының нусқасын алып келипти. Келиннен «үйден қандай үлес алмақшысыз?» деп сорасам, «маған ҳеш қандай үлес керек емес, мен сораған затымды берди», деди. Арзалар таяр болғаннан кейин мүрәжатшының анасы оқып, танысып шығып қол қойды. Келинге арза мазмунын Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң ll47-санлы статьясында белгиленген нормаларды түсиндирдим. Өз үлесинен қәйин апасының мәпи ушын ўаз кешти. Баласының үлесин арза жазған ҳалда баласының атына қабыл етип алды.

Мийрас исин үш күн даўамында үйренип шықтым. Еки адамға үйден өзлерине тийисли үлеслерин бөлип бердим. Марҳумның өмирлик жолдасы қуўанып шығып кетти. Бираз ойландым, не ушын қуўанған екен, сораған заты не екен, деген сораўлар тынышымды алды.

Арадан еки саатлар өткеннен кейин, ашыўлы түрде жасы үлкенирек ер адам пәтленип кирип келди. Қасында мийрас бойынша келген марҳумның өмирлик жолдасы да бар еди. Келген адам марҳумның қәйин атасы екен. Ақлығымның үлесин берипсиз, енди үйди қалайынша бөлип сатаман, дейди.

-Аға, ақыры бул еки ханалы квартира болса, оны қалайынша бөлип сатпақшысыз? Жер жай болса да бир гәп еди, есиклерин еки жағынан ашып алатуғын,-дедим. Әкеси қызына қарап «усы жерине келгенде басың ислемеди ме, оқыўыңның еки жыллық шәртнама пулын төлетип алсаң болады-ғо» деди.

– Нотариус қызым, сен бизден қапа болма, нотариал ҳәрекетиң дурыс. Сизге келемен дегенше бир нешше жерге барып, ҳәттеки, адвокатлар менен де ойласып-кеңестим,-деп шығып кетти.

Басымнан муздай суў қуйғандай орнымда отырып, ойланып қалыппан. Бул өмирде пул ушын адамгершиликти жойтқанлар да бар екен. Марҳумның әжапасы үйдиң кадастр дизиминен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматтың көширмесин алыўға келди. Кейин билсем, сол ўақытта келинине оқыўының бир жыллық шәртнама пулын төлеп бергенлиги мәлим болды. Инисиниң баласына келсек, «инимнен қалған жалғыз туўысқаным, қәлесе үйде жасай берсин, ўақты келгенде түсиндирсем, өз үлесин берер», деди.

Соңын ала, келинниң алжастырыў мақсетинде өзиниң биринши неке гүўалығын көрсетип, үйди 20l7-жылы сатып алғанлығын айтып, кәсиплеслерим ҳәм адвокатларға барып, «нотариус маған ерли-зайыптың улыўмалық мал-мүлкиндеги үлеске болған мүлк ҳуқықы ҳаққындағы гүўалық бермеди» деген мәнисте мүрәжат етип жүргенлигин еситтим…

Камила ЖУМАНИЯЗОВА,

Нөкис қаласындағы жеке әмелият

пенен шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги