Қарақалпақстан Республикасы жайлаўларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў ушын жаңа, уникал санлы мағлыўматлар базасы иске түсирилди.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ботаника институты Геоботаника лабораториясы илимпазлары тәрепинен мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жаратылған бул уникал санлы мағлыўматлар базасы Қарақалпақстанның 93 процент жайлаў аймағын қамтып алады ҳәм 168 жайлаў түрин 21 норма тийкарында баҳалаў имканиятын береди.

Жайлаўлар ҳәм олардың өзгешеликлери ҳаққында толық мағлыўматлар қурғақшылық жерлерде шарўашылық малларын саламат ҳәм нәтийжели бағыўды тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул база жайлаўлардан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экологиялық турақлылықты сақлаўға қаратылған.


Қарақалпақстан жайлаўларының жаңа санлы мағлыўматлар базасы республика жайлаў экосистемаларының экономикалық, экологиялық ҳәм зоотехникалық әҳмийетин заманагөй баҳалаў, олардан пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўде әҳмийетли қәдем болады.

Н.Раҳимова,

ӨзА