Ҳуқықый мүнәсибет

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 14-ноябрьдеги «Балаларды социаллық қорғаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген болып, бул пәрманда тийкарынан жетим, ата-ана қарамағынан айырылған, зорлықтан жәбирленген балалар ҳәм қараўсыз қалған аналар ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды жәмийетке интеграциялаў ушын әҳмийетли илажлар белгиленди.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиника хызметкери И.Туев бул бойынша төмендеги ҳуқықый түсиниклерди берди:

– Пәрманға бола, быйыл 1-январьдан баслап, меҳрийбанлық үйлери ҳәм балалар үйлерине кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерин ўақтыншалық қабыл етиў тәртиби бийкар етилди.

Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға билим алыў, бәнтлигин тәмийинлеў, емлениў ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи. Тутынған ата-аналарды таярлаў курсларына жетим, ата-ана қарамағынан айырылған балаларды перзентликке алыў тилегин билдирген талабанлар да қамтып алынады ҳәм басқышпа-басқыш Әндижан, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында киши көлемли балалар үйи шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, «Меҳир дәптери» қорлары сапластырылады. Жоқары билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жаслар мәмлекетлик пуқаралық хызметине таңлаўсыз қабыл етиледи.

Соның менен бирге, аўыр турмыслық жағдайда, жақынларының жәрдемисиз қалған аналар ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар ушын «Аналар мәканы» хызмети жолға қойылып, «Аналар мәканы»нда аналар ҳәм олардың балалары ўақтынша 1 жылға шекемги мүддетте баспана менен тәмийинленеди, социаллық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетилип, оларды кәсипке таярлайды ҳәм бәнтлигине жәрдем бериледи.

Пәрманға бола, және шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириў ушын шаңарақтың ерли-зайыптан ибарат толық шаңарақ болыў талабы бийкар етилетуғынын ҳәм 30 жасқа толған Өзбекстан Республикасының пуқараларына шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириўге руқсат етилетуғынын атап өтиў керек. Социаллық қорғаўға мүтәж балалар шаңараққа тәрбияға (патронат) тек ғана олардың туўысқанларына бериледи.

2025-жыл 1-марттан баслап болса жалғыз ана (ата)ға бир перзенти ушын бала 3 жасқа толғанға шекем мектепке шекемги билимлендириў хызметинен пайдаланыў ушын БЕМниң 1 есесине шекем материаллық жәрдем бериледи. Егер олар егизек болса, олардың ҳәр бири ушын бериледи.

Гулноза Бобоева,

ӨзА