Айлық шеңбериндеги илажлар даўам етпекте

Мәмлекетимиз бойлап 2025-жылдың февраль айы «Жаслар арасында нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлар тарқалыўының алдын алыў» айлығы ретинде белгиленген еди.
Комплексли оператив-профилактикалық илаждың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў мәкемелери, улыўма билимлендириў мектеплеринде ҳәм мәҳәллелерде нәшебентликти ҳәм нәшебентлик затлар менен байланыслы жынаятлардың алдын алыў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бундай илаж Төрткүл районындағы 16-санлы мектеп оқыўшылары арасында да өткерилди.
Үгит-нәсият илажында Төрткүл районлық медицина бирлеспесиниң нарколог шыпакери Е.Шеримбетов ҳәм районлық медицина бирлеспеси саламатлық бөлиминиң баслығы Р.Жумабаевлар жасларға тема бойынша кең түрде түсиниклер берди, дейди Төрткүл районы мәлимлеме хызмети берген мағлыўматында.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелеринен толық жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги