Халықтың машқалалары тыңланды

210

Көшпели қабыллаўлар халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, адамлардың машқалаларын орнына барып үйрениў ҳәм унамлы шешилиўине ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде аймақларда усындай көшпели қабыллаўлар жедел өткерилип келинбекте.

Әмиўдәрья районы Чойкөл аўылында сектор басшылары ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда жаслардың ҳәр қыйлы мазмундағы мүрәжатлери қабыл етилди.

Сондай-ақ, Бабур аўылында да сектор басшыларының пуқаралардың мүрәжатлери бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.

Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги мәлимлеме бөлими баслығы Ч.Арслонованың мәлим етиўинше, ушырасыўда шарўашылық ҳәм қусшылықты раўажландырыў ушын кредит алыў, емлениў ушын материаллық жәрдем бериў, перзентиниң жоқары билимлендириў орнындағы шәртнама пулларын төлеўге жәрдем бериў сыяқлы машқалалар менен мүрәжат етти.

Пуқаралардың машқалалары нәтийжели шешилиўи ушын тийисли шөлкемлердиң жуўапкерлери менен келисип алынды ҳәм өз шешимин табатуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги