Харбин-2025: Бүгин 4 спортшымыз өз шеберлигин көрсетти

Ҳәзирги күнлери Қытайдың Харбин қаласында IX Азия ойынлары болып өтпекте.
Бул жарысқа өзбекстанлы спортшылар да қатнаспақта. Атап айтқанда, бүгин мәмлекетимиз спортшылары еки спорт түри бойынша беллесиўлерге қатнасты. Солардың биринде фигуралы сырғанаў бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзалары Дмитрий Чигирев ҳәм Екатерина Гейниш қысқа бағдарлама бойынша жарысқа түсип, онда ең жоқары 64,55 балл топлаўға еристи.
Бул нәтийже менен олар екинши ҳәм үшинши орынларда киятырған Япония ҳәм Арқа Корея сайланды командалары ағзаларын әдеўир парық пенен артта қалдырыўға еристи.
Күни ертең Ташкент ўақты менен саат 16:30да басланатуғын еркин шығыў беллесиўлеринен соң, жарыс жеңимпазлары анықланады.
Сондай-ақ, бүгин ерлер арасында биатлон спортының 10 км аралыққа спринт бағдарламасы бойынша жарыс өткерилди.
Оған мәмлекетимиз сайланды командасы атынан Дилмурод Абдураҳмонов ҳәм Ролан Раимқуловлар қатнасты ҳәм 33 спортшы арасында Раимқулов 25, Абдураҳмонов 31-орынларды ийелеўге еристи.
Бул жарыста қазақстанлы Владислав Киреев ҳәм Вадим Куралецлер алтын ҳәм гүмис медальларды қолға киргизген болса, қытайлы Чанг Гу үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы